Сыйлық спортшымызға Гонконгте өтип атырған пумсе бойынша жәҳән чемпионаты алдынан тапсырылды.
Бул номинация жеңимпазы пүткил дүнья бойлап даўыс бериў жолы менен анықланды. Қуўанышлы тәрепи, бул өзбек таэквондошыларының дүнья көлеминде биринши мәрте мине усындай абырайлы сыйлықты қолға киргизиўи болды. Себеби, усы ўақытқа шекем ҳеш бир ўатанласымыз Пүткил жер жүзилик таэквондо федерациясы тәрепинен бундай тән алыўға ериспеген еди.