Илажда университет ректоры А.Реймов усы баслама шеңберинде университет жәмәәтиниң ҳәм студент-жасларының қоршаған орталықты абаданластырыў, экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде бирлесиўиниң әҳмийети оғада үлкен екенин атап өтти.
Ректор басшылығында илаж қатнасыўшылары жақсы нийетлер менен терек нәллерин егип, абаданластырыў жумыслары алып барылды.
“Жасыл мәкан” жойбары пүткил мәмлекет бойлап әмелге асырылып атырған әҳмийетли басламалардан бири болып, оның тийкарғы мақсети қоршаған орталықты қорғаў, жасыл майданларды кеңейтиў ҳәм экологиялық мәдениятты арттырыў болып есапланады.
Илаж даўамында университет жәмәәти тәрепинен ҳәр қыйлы саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери егилип, қатнасыўшылар өз тәжирийбелери менен ортақласты ҳәм экологиялық орталықты жақсылаў бойынша пикир алысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.