Қарарға муўапық, халықтың саны ҳәм аймағы:
халықтың санының өсиўи - есаплаў мүддетинде 289,19 мың адамнан 385,0 мың
адамға;
қала аймағы есап-санақ мүддетинде 7 966,78 гектардан 11 847,06 гектарға
өзгереди.
Турақ жай қурылысы ҳәм турақ жай қоры:
турақ жай фондының улыўма майданы - есаплаў мүддетинде 4 456,31 мың кв.
метрден 8 085,0 мың кв. метрге шекем;
бир адамға турақ жай майданы менен тәмийинлениў дәрежеси - есаплаў
мүддетинде 15,4 кв. метрден 21,0 кв. метрге шекем;
есап-санақ мүддетинде турақ жай фондының қысқарыўы 114,66 кв. метрди
қурайды.
Халықтың
социаллық тараў объектлерине болған талабын әмелдеги нормаларға муўапықластырыў
мақсетинде тараў көрсеткишлери төмендегише өзгертиледи:
мәдений-турмыслық
ҳәм коммуналлық объектлерди халықтың социаллық талапларына ҳәм әмелдеги
нормаларға жуўап беретуғын дәрежеге жеткериў;
орайды бос турған
аймақлардағы жағдайды есапқа алған ҳалда раўажландырыў, жаңа жәмийетлик
комплекслер қурыў.
Жәмийетлик
транспорт, автомобиль жоллары ҳәм көшелер есаплаў мүддетинде:
магистраль
көшелердиң узынлығы 102,6 километрден 203,0 километрге шекем (биринши гезекте -
155,35 километрге шекем) арттырылады;
жылына жолаўшы
тасыўлар саны бойынша - 163,8 млн жолаўшыға хызмет көрсетиледи.