Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Франция компаниялары менен бирге ислесиў, Агентликтиң әмелдеги жойбарларын әмелге асырыў, сондай-ақ, Өзбекстанда атом энергетикасын раўажландырыў перспективаларын додалады.
Франция мәмлекетимиздиң Европадағы сиясий ҳәм экономикалық тараўдағы тийкарғы шериклеринен бири сыпатында көрип келинбекте. Әсиресе, атом энергетикасы тараўындағы бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Мәселен, 2025-жыл июнь айында "Ўзатом" ҳәм Францияның "Assystem" компаниясы арасында қоспа кәрхана шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын нийетлер ҳаққындағы меморандумға қол қойылған еди.
Жаңа структура атом электр станциясының қурылысын техникалық жақтан қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстанның пуқаралық ядро бағдарламасын раўажландырыўға байланыслы жойбарларды қоллап-қуўатлаў менен шуғылланады.








