Илаж Әзербайжанның белгили мәмлекетлик ғайраткери Гейдар Алиевтиң естелигине ҳүрмет көрсетип, оның қәбирине гүл қойыў менен басланды.
Илаж даўамында Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы туризм байланысларын кеңейтиў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, медиа тараўында туризм бағдарларын үгит-нәсиятлаў, биргеликтеги реклама кампаниялары ҳәм мультимедиа өнимлерин жаратыў бойынша бирге ислесиўге келисип алынды.
Сондай-ақ, Өзбекстан делегациясы әзербайжанлы бирге ислесиўшилерди усы жылы Ташкентте өткерилетуғын "Жипек жолында туризм" халықаралық туризм ярмаркасында қатнасыўға мирәт етти.








