"Өзбек жеринде қазақстанлы досларымызды көрип турғанымыз биз ушын шын жүректен қуўаныш. Кейинги жылларда бирге ислесиўимиз мәмлекетлеримиз басшыларының сиясий ерк-ықрары себепли мисли көрилмеген дәрежеге көтерилди, - деди Бахтиёр Саидов.
Сөйлесиўлер анық мазмунға ийе болып, еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын қамтып алды. Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Қазақстан сыртқы ислер министрликлери арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.
Тәреплер сөйлесиўлердиң жоқары пәти ҳәм саўда-экономикалық, транспорт-логистика тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын үлкен потенциал бар екенин атап өтип, болажақ сөйлесиўлер Өзбекстан - Қазақстан стратегиялық шериклигин беккемлеўге қосымша пәт бағышлайтуғынына исеним билдирди.