St Wonderful компаниясы қала қурылысы, мийманхана бизнеси, туризм ҳәм заманагөй кеўилашар инфраструктураны жаратыў тараўларында ири жойбарларды әмелге асырмақта.

Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер әмелдеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў мәселелерин додалады. Жаңа Ташкент қаласында «Beijing» мийманханасын қурыў, Ташкент ўәлаятында аквапарк ҳәм кеўилашар комплекс жаратыў, пайтахтымызда «Wonderful city» кең көлемли жойбарын әмелге асырыў усылардың қатарына киреди.

Инвестициялық бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларына ҳәм жаңа қоспа басламаларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм шерикликтиң әҳмийетли бағдарлары бойынша әмелий бирге ислесиўди тереңлестириўден өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады.