Ушырасыўда Өзбекстан пуқараларының Россияға мийнет миграциясын тәртипке салыў мәселелери додаланды.
"Пилот" жойбарын қайта тиклеў, соның ишинде, миграция тәртип-қағыйдаларын мәмлекетке көшириў, медициналық тексериўден өткериў, Ташкент ҳәм Жиззақ қалаларындағы Россия жоқары оқыў орынларының филиалларында рус тили бойынша имтихан тапсырыў, Россия Федерациясының тили, тарийхы ҳәм нызамшылығын үйрениў орайларын ашыў, Өзбекстанда кәсиплик билимлендириў системасында кадрлар таярлаўға россиялы педагоглар ҳәм өндирислик оқытыў усталарын тартыў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Миграция рейдлери ўақтында Өзбекстан пуқаралары, ҳуқықбузарлар ҳәм нызамға әмел етиўшилердиң ҳуқықларын кемситиў ямаса бузыўдың ҳәр қандай көринислерине жол қоймаўға айрықша итибар қаратылды.
Миграция ағымларын тәртипке салыў бойынша жүзеге келип атырған ўазыйпаларды жедел шешиў ушын шөлкемлестирилген жумысшы топардың ушырасыўларын турақлы өткерип барыўға келисип алынды, деп хабар бермекте ӨзР СИМ баспасөз хызмети.








