Қоршаған орталықты қорғаў тараўында бирге ислесиў бойынша Россия - Өзбекстан жумысшы топарының Танхой (Бурятия) посёлкасында болып өткен бесинши мәжилиси даўамында тийисли келисимлерге ерисилди.
Тәреплер биологиялық көптүрлиликти сақлап қалыў мәселелерин, соның ишинде, Әмиўдәрья аңғарында сур тырналарды көбейтиў ҳәм Өзбекстанда альтернатив қыслаў орынларын жаратыў перспективаларын додалады. Атап өтилгениндей, республикамыз сийрек ушырасатуғын қуслардың миграциясында әҳмийетли орын ийелейди.
Сондай-ақ, Россия дрофты көбейтиў бойынша Өзбекстан тәжирийбесин үйрениўден мәпдар екенин билдирди. Усы мүнәсибет пенен қәнигелескен билимлер менен алмасыў ҳәм биргеликтеги изертлеўлерди, соның ишинде, қуслардың көшиў жолларын мониторинг етиўди даўам еттириўге келисип алынды.
Буннан тысқары, атмосфера ҳаўасын қорғаў, шығындылар менен ислесиў, сондай-ақ, тоғайларды тиклеў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды. Арал теңизиниң қурыған ултанында мелиорация жумысларын әмелге асырыў бойынша Өзбекстан тәжирийбесине айрықша итибар қаратылды.
Келешектеги бирге ислесиў шеңберинде тәреплер тоғай ведомстволары арасында меморандумға қол қойыў ҳәм 2027-2029-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасын 2026-жылдың ақырына шекем таярлаў нийетин тастыйықлады.
Өзбекстан ҳәм Россия тәбиятты қорғаў уйымлары арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим 2013-жылдан берли әмел етпекте.