Ушырасыўда Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары Октаб Саломов, Жәҳән банки экспертлери Ерали Бексултан, Анна Убайдуллаева ҳәм Гаўҳар Оспанова, сондай-ақ, "MUNIS" жойбарын әмелге асырыў бойынша топар басшысы Дилшод Азгаров қатнасты.
Тәреплер миллий инновациялық экосистеманы беккемлеў, илимий-изертлеў инфраструктурасын раўажландырыў, илимий шөлкемлердиң потенциалын арттырыў ҳәм илимий жумыс нәтийжелерин коммерцияластырыўға қаратылған жойбардың тийкарғы жетискенликлерин көрип шықты. Жойбарды әмелге асырыўдың институционаллық ҳәм шөлкемлестириўшилик тәреплерине, мәпдар тәреплер менен нәтийжели бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.
Буннан тысқары, қатнасыўшылар илим, технология ҳәм инновациялар тараўындағы реформаларды жеделлестириў, илимий ҳәм инновациялық басламаларды қоллап-қуўатлаў механизмлерин кеңейтиў, жеке меншик сектордың ролин ҳәм халықаралық бирге ислесиўди күшейтиўди нәзерде тутатуғын "MUNIS"тиң екинши басқышының тийкарғы бағдарлары бойынша пикир алысты.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан миллий инновациялық системасын турақлы раўажландырыўға қаратылған конструктивлик шерикликти даўам еттириў ҳәм биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўдан өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады.