Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан транспорт министри Түркия транспорт ҳәм инфраструктура министри Абдулқодир Уралоглу менен ушырасты. Тәреплер транспорт ҳәм логистика, соның ишинде, автомобиль, темир жол ҳәм авиация транспорты тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў перспективаларын, жол хожалығы мәселелерин додалады.
Буннан тысқары, Түркия автомобиль жоллары бас басқармасының бас директоры Ахмет Гюльшен менен ушырасыўда Түркияның жол тараўындағы бай тәжирийбесин қолланыў ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўдиң мүмкин болған бағдарлары бойынша пикир алысылды.
Атап айтқанда, жол хожалығын мәмлекет тәрепинен басқарыў, автомобиль жоллары ҳәм жасалма объектлерди жойбарластырыў, қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаўды қаржыландырыў механизмлери, транспорт ағымын басқарыў, ақыллы жол системаларын енгизиў, төлемли жоллар тармағын раўажландырыў, тендер процесслерин шөлкемлестириў, тараў ушын кадрлар таярлаў мәселелери көрип шығылды.