Өзбекстан БАӘ менен биргеликте шөл экономикасын раўажландырыўды режелестирмекте

    3 желтоқсан 2025 149

    Бүгин, 2-декабрь күни Самарқанд қаласында Жабайы фауна ҳәм флора түрлери халықаралық саўдасы ҳаққындағы коньвенция (CITES CoP20) тәреплериниң 20-конференциясы шеңберинде Өзбекстан Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи - Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети баслығы Азиз Абдуҳакимовтың БАӘ Климат өзгериўи ҳәм қоршаған орталық министри, Министрлер Кабинетиниң ағзасы Амна бинт Абдулла Ал-Даҳак Ал Шамси менен ушырасыўы болып өтти.

    Сөйлесиўлер ўақтында тәбиятты қорғаў, экосистемаларды турақлы басқарыў ҳәм сийрек ушырасатуғын түрлерди сақлаў тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

    Министр Амна Ал-Дахақ Өзбекстанды Қытай Илимлер академиясының Синьцзян экология ҳәм география институты менен биргеликте шөлкемлестирилген регионаллық орайдың ашылыўы менен қутлықлап, оның Орайлық Азияда экологиялық мониторингти раўажландырыўдағы әҳмийетин атап өтти.

    Сырт ел тәрепи "шөл экономикасы" концепциясы шеңберинде шөл аймақларын өзлестириў ҳәм турақлы раўажландырыў тараўында Қытай менен бирге ислесиўди раўажландырыўға, соның ишинде, Өзбекстанның үш тәреплеме жойбарларда қатнасыўына таяр екенин билдирди.

    Ушырасыўда жыртқыш қусларды сақлап қалыў, оларды есапқа алыў механизмлерин жетилистириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Амна ал-Даҳак БАӘниң суңқарларды дизимге алыў ҳәм санлы идентификациялаў, соның ишинде, олардың ҳәрекетлениўин қадағалаўды күшейтиў ҳәм CITES шеңберинде халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятын беретуғын сийрек ушырасатуғын түрлер ушын санлы паспорт системасын енгизиў бойынша басламаларын қоллап-қуўатлаўға шақырды.

    Азиз Абдуҳакимов БАӘ менен бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўден мәпдар екенин атап өтип, регионда экологиялық қәўип-қәтерлер күшейип баратырған шараятта тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екенин атап өтти. Тәреплер әмелий бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм тараўға байланыслы уйымлар ҳәм илимий шөлкемлер дәрежесинде жаңа қоспа басламаларды көрип шығыўға келисип алды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates