Есабатта атап өтилиўинше, мәмлекет интернетке кириў, санлы технологияларды енгизиў ҳәм санлы инфраструктураны раўажландырыў бойынша сезилерли жетискенликлерди көрсеткен.
Бул Өзбекстанда санлы раўажланыў избе-из даўам етип атырғаны, әмелге асырылып атырған реформалар анық нәтийжелер берип атырғанынан дәрек береди.
Мағлыўмат ушын, бул рейтинг бойынша дүняның жетекши мәмлекетлери арасында АҚШ, Финляндия, Сингапур, Дания ҳәм Швеция дәстүрий түрде атап өтилген.
Өзбекстанның бул рейтингтеги табыслары мәмлекетте экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм хызметлер сапасын жақсылаўға хызмет етип атырған санластырыў, технологиялардың қолайлылығы ҳәм халықтың санлы саўатлылығын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин сәўлелендиреди.