Форум транспорт ҳәм логистиканың әҳмийетли мәселелерин додалаў, алдынғы тәжирийбе алмасыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын әҳмийетли майдан болып есапланады.
Форумда қатнасыўшылар транспорт-логистика системасын, нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, тараўды санластырыў ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў мәселелерин көрип шықпақта.
Илаж 3-апрельге шекем даўам етеди ҳәм халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, транспорт тараўында заманагөй көзқарасларды енгизиў ҳәм перспективалы жойбарларды әмелге асырыўда айрықша әҳмийетке ийе.