Өзбекстан Қытайдың «Samarqand-2028» жолдасын ушырыўда қатнаспақта

    2 желтоқсан 2025 200

    "Өзбеккосмос" агентлиги ҳәм Қытайдың STAR.VISION компаниясы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды, оған бола Қытайда ислеп шығылып атырған гиперспектрал жолдасқа «Samarqand-2028» атамасы бериледи.

    Бул атама Орайлық Азияда биринши мәрте өткерилетуғын дүньяның ең ири космослық форумы - 2028-жылғы Халықаралық астронавтика конгрессине таярлық көриў ҳәм оны әййемги Самарқандта өткериў ҳүрметине таңланған.

    Меморандумға муўапық, "Өзбеккосмос" агентлиги қәнигелери тәрепинен Жерди аралықтан зондлаў жолдасы ушын жасалма интеллект модули ислеп шығылады.

    Қурылма алатуғын гиперспектрал сүўретлер:

    атмосфера ҳаўасының сапасын оператив баҳалаў;

    аўыл хожалығы егинлериниң жағдайы мониторинги;

    тоғай массивлериниң өзгериўин бақлап барыў;

    экономиканың ҳәр қыйлы тармақлары ушын жоқары анықлықтағы аналитикалық мағлыўматларды усыныў.

    «Samarqand-2028» жолдасы Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы халықаралық космослық бирге ислесиўди раўажландырыўда жаңа қәдем болады, сондай-ақ, мәмлекеттиң илимий ҳәм технологиялық имканиятларын беккемлеўге үлес қосады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates