Екинши орынды 373 балл топлаған қырғызстанлы Nomad триосы "Жалғыз саған" қосығы менен ийеледи. Үшинши орында қатарлы қосықшы Дана Аль-Мир Huwa Dha Anta ("Бул сен") қосығы менен - 369 баллға ийе болды, деп жазады Interfax.ru.
Сондай-ақ, ең жақсы онлыққа Колумбия, Тәжикстан, Беларусь, Қазақстан, Мадагаскар, Қытай ҳәм Өзбекстаннан келген атқарыўшылар да кирди.
Таңлаўда Өзбекстан Республикасынан миллий ҳәм заманагөй эстрада қосықшылығы менен белгили болған қосықшы ҳәм педагог Шохрух Мирзо Ғаниев қатнасты. Ол муҳаббат ҳәм романтикалық ушырасыўды күтиў ҳаққында сөз ететуғын "Миллий Терма" қосығын атқарды. Композиция өзбек намасы ҳәм заманагөй ҳаўаздың өз-ара үнлеслиги үлгиси болды.
Россия ўәкили Shaman қосық атқәрғаннан соң даўыс бериўде оны есапқа алмаўды сорады ҳәм өзиниң кандидатурасын алып таслады. АҚШтан келген қатнасыўшы Vassy сахнаға шыға алмаған. Шөлкемлестириўшилердиң мәлим етиўинше, бул қосықшыға Австралияның сиясий басымы себеп болмақта. Ҳәтте, артистке Австралия ҳүкиметиниң рәсмий нотасы жиберилген.
Шоу басланыўынан алдын қатнасыўшыларға Россия Президенти Владимир Путин видеомүрәжат жоллады. Ол "Интервидение" финалын жылдың ең күтилген мәдений илажларынан бири сыпатында атап өтип, таңлаў дәстүрий түрде мәдений қарым-қатнасты раўажландырыў ҳәм халықлар арасындағы дослықты беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.
Быйыл Белоруссия, Бразилия, Вьетнам, Египет, Ҳиндстан, Қазақстан, Қатар, Кения, Қытай, Колумбия, Куба, Қырғызстан, Мадагаскар, БАӘ, Россия, Саудия Арабстаны, Сербия, АҚШ, Тәжикстан, Өзбекстан, Эфиопия, Қубла Африка сыяқлы 23 мәмлекеттиң көркем өнер шеберлери шығыў тилегин билдирген.
Кейинги "Интервидение" таңлаўы 2026-жылы Саудия Арабстанында болып өтеди.












