2024-2025-жылларда аккредитация, метрология ҳәм стандартластырыў тараўларындағы реформаларды және де тереңлестириў, тараўды халықаралық стандартларға бейимлестириў, стандартлардан кеңнен пайдаланыў орталығын жаратыў ҳәм муўапықлықты баҳалаўдың заманагөй усылларын енгизиў нәтийжесинде Өзбекстан глобал рейтингте 52-орынды ийелеп, 2023-жылға салыстырғанда 15 текше жоқары орынды ийеледи.

Айырым бағдарлар бойынша көрсеткишлердиң өсиўи:

Метрология +8 орын (72-орын)

Стандартластырыў: +23 орын (57-орын).

Аккредитация: +10 орын (29-орын).

Рейтинг Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) ҳәм Германия миллий метрология институты (РТВ) экспертлериниң қатнасыўында Mesopartner ҳәм Analyticar (Германия ҳәм Аргентина) бийғәрез консалтинг компаниялары менен биргеликте дүзилмекте.

2025-жылы рейтингтеги ең жақсы 10 мәмлекет төмендегише:

Германия.

АҚШ.

Қытай

Уллы Британия.

Италия.

Қубла Корея.

Япония.

Франция.

Испания.

Польша

ҒМДА мәмлекетлери арасында орынлар төмендегише бөлистирилген:

Россия - 55;

Беларусь - 51;

Қазақстан - 48;

Армения - 102;

Әзербайжан - 83;

Грузия - 81;

Қырғызстан - 109;

Молдавия - 78;

Тәжикстан - 172;

Өзбекстанның Global Quality Infrastructure Index рейтингиндеги табысы тараўды жедел реформалаў ҳәм мәмлекетте стандартлар, аккредитация ҳәм метрологияның халықаралық интеграцияласыў дәрежесиниң артып атырғанын сәўлелендиреди.