Өзбекстан 2025-жыл Глобал инновациялар индексинде 79-орынды ийеледи

    17 қыркүйек 2025 2372

    Глобал инновациялар индекси (Global Innovation Index, GII) ниң 2025-жыл ушын жыллық рейтингинде Өзбекстан дүньяның 139 мәмлекети арасында 79-орынды ийеледи.

    Есабат Жәҳән интеллектуаллық мүлк шөлкеми (WIPO) тәрепинен Portulans институты (АҚШ), халықаралық корпорациялар ҳәм илимий орайлар менен биргеликте таярланған.

    Индекс инновациялық раўажланыў тараўындағы тийкарғы изертлеўлерден бири болып есапланады ҳәм 2 субиндекс ҳәм жети бағдарлар топарына бирлестирилген 80 ге шамалас көрсеткишти өз ишине алады.

    Дәрамат дәрежеси орташа көрсеткиштен төмен болған мәмлекетлер топарында Өзбекстан өткен жылғы 10-орыннан жоқарылап, 7-орынды ийеледи. Орайлық ҳәм Қубла Азия регионында республика Ҳиндстан ҳәм Ираннан кейин 3-орында (2024-жылы 4-орында еди) жайласқан. Субиндекслер бойынша мәмлекетимиз инновацияларға инвестиция ҳәм ресурслар дәрежеси бойынша 69-орынды, инновациялар нәтийжелилиги бойынша 92-орынды ийеледи.

    2025-жылы Өзбекстан бирден 36 индикатор бойынша өз орнын жақсылады, 7 көрсеткиш бойынша болса өткен жылғы нәтийжени сақлап қалды. Әсиресе, "инсан капиталы ҳәм илимий изертлеўлер" (+12), "инфраструктура" (+1), "базарларды раўажландырыў" (+4) ҳәм "билим ҳәм технологиялық өнимлер" (+10) бағдарларында өсиў бақланбақта.

    Ең әҳмийетли жетискенликлер қатарында мәмлекетимиз стартап ҳәм скейлапларды қаржыландырыў бойынша дүньядағы ең жоқары онлыққа кирип, 6-орынды ийеледи. "Жеке мүйизлер баҳасы" индикаторында Uzum компаниясының "Жеке мүйизли" технологиялық компаниялардың глобал дизимине киргизилгени есабынан республика 13 текшеге - 36-орынға көтерилди.

    Сондай-ақ, жоқары технологиялық өнимлер импорты (18-орын, +24), ISO 9001 сертификатлары саны (48-орын, +21), жоқары оқыў орынларына студентлерди қабыллаў (61-орын, +20), интеллектуаллық мүлк дәраматлары (90-орын, +17), жоқары технологиялық товарлар экспорты (85-орын, +14), креатив өнимлер экспорты (54-орын, +11) ҳәм билимлендириўге мәмлекетлик қәрежетлер (24-орын, +10) бойынша да сезилерли өсиў бақланды.

    Жоқары билимлендириў тараўындағы өзгерислерди айрықша атап өтиў керек. Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығы университети ҳәм Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети QS World University Rankings рейтингиндеги орынларын жақсылады. Бул мәмлекетке "үш жетекши жоқары оқыў орнының орташа баҳасы" индикаторы бойынша 64-орынға көтерилиў имканиятын берди. Буннан тысқары, QS 2026-жыл рейтингинде Өзбекстанның 7 жоқары оқыў орны дүньяның ең жақсы университетлери дизиминен орын алған.

    Мағлыўмат ушын, Өзбекстан биринши мәрте GII рейтингине 2015-жылы кирген, сол ўақытта республика 141 мәмлекет арасында 122-орында еди. Кейинги жылларда мәмлекетимиздиң орны басқышпа-басқыш жақсыланып барды: 2020-жылы - 93-орын, 2021-жылы - 86-орын, 2022 ҳәм 2023-жыллары - 82-орын, 2024-жылы - 132 мәмлекет арасында 83-орын.

    "Өзбекстан - 2030" стратегиясына муўапық, мәмлекетимиздиң мақсети 2030-жылға барып дүньяның ең инновациялық мәмлекетлери ТОП-50 лығына кириўден ибарат. Бул ушын миллий инновациялық экосистеманы жетилистириў, статистиканың сапасын жақсылаў ҳәм халықаралық кооперацияны кеңейтиў бойынша жумыслар алып барылмақта.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates