Мағлыўмат ушын: бул шөлкем 22 жылдан аслам ўақыт даўамында Н-2А бағдарламасы шеңберинде АҚШ аўыл хожалығында мәўсимлик жумыс ислеў ушын сырт ел хызметкерлерин тартып келмекте. Ҳәзирги ўақытта Арқа Америкадағы 1400 ден аслам фермер хожалықлары ҳәм ранчолар менен бирге ислеседи.
Онлайн ушырасыўда Өзбекстаннан талабанларды биринши мәрте АҚШтағы мәўсимлик жумысларға тартыў тәртиплери додаланды.
Жумысқа жайластырыўдың тийкарғы шәртлери:
Жумыс мүддети: 9-10 ай.
Орташа ис ҳақы: айына 3 500 АҚШ доллар.
Жасаў: жумыс бериўшиниң есабынан
Тийкарғы бағдар: маман қәнигелер
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойып, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдың кейинги басқышына тезирек кирисиўге келисип алды.