Сөйлесиў даўамында тәреплер "Узбеккосмос" ҳәм Қазақстан Республикасы Жасалма интеллект ҳәм санлы раўажланыў министрлиги жанындағы Аэрокосмослық технологиялар комитети арасындағы бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелерин де көрип шықты.
Буннан тысқары, "Узбеккосмос" делегациясы 7-9-сентябрь күнлери Астана қаласында өткерилетуғын «Space Days Kazakhstan» илажында қатнасыў ушын рәсмий мирәтнама алды.
"Байконур" космодромында туризм бағдарын раўажландырыў, сондай-ақ, космослық билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери айрықша додаланды.