2026-жылы Ташкентте Халықаралық пахта күни өткериледи

    5 қараша 2025 789

    Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң АҚШқа рәсмий сапары шеңберинде аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов Пахта бойынша халықаралық мәсләҳәт комитети (ICAC) директоры Эрик Трахтенберг пенен ушырасты.

    Сөйлесиўлер Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ жетекшилериниң "С5+1" форматындағы саммити шеңберинде болып өтти. Тәреплер комитет пенен бирге ислесиў нәтийжелери ҳәм биргеликтеги жумыслардың перспективалы бағдарларын додалады.

    Ушырасыў даўамында Өзбекстанда пахташылық тараўында «carbon market» системасын енгизиўге қаратылған бирге ислесиў меморандумына қол қойылды. Бул баслама турақлы өндиристи раўажландырыў ҳәм экологиялық технологияларды халықаралық көлемде енгизиўге хызмет етеди.

    Буннан тысқары, 2026-жылы Өзбекстанда «International Cotton Day» (Халықаралық пахта күни) халықаралық илажын өткериўге келисип алынды.

    Бул форум мәмлекетимиздиң пахташылық тармағында әмелге асырылып атырған реформалар, инновациялық көзқараслар ҳәм экологиялық турақлы әмелиятларды көрсетиў ушын әҳмийетли майдан болады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates