Әзербайжан парламенти Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы кодекске, сондай-ақ, "Мәлимлеме, мәлимлемелестириў ҳәм мәлимлемени қорғаў ҳаққында"ғы ҳәм "Балаларды зыянлы мәлимлемеден қорғаў ҳаққында"ғы нызамларға 16 жасқа толмаған шахслардың социаллық тармақларда жеке санлы аккаунтларын жаратыўды қадаған ететуғын өзгерислерди үшинши оқыўда қабыл етти. Бул ҳаққында қабыл етилген нызам жойбарының тексти тийкарында жергиликли “Trend” агентлиги хабар берди.

Нызамға муўапық, аккаунт жаратыўда социаллық тармақ жасқа байланыслы қадағалаўдың техникалық усылларын избе-из қолланыўға мәжбүр болады: алдын пайдаланыўшы өзиниң жасын мәлим етеди, кейин оны тастыйықлаў әмелге асырылады. Жаңа талаплар енгизилетуғын платформалар дизими кейин ала анықланады ҳәм жәрияланады. "16-18 жастағы жас өспиримлер ушын нызамлы ўәкилиниң разылығы да талап етиледи, бул банк картасы мағлыўматлары, электрон почта мәнзили ҳәм мобиль телефон номери жәрдеминде тастыйықланады", деп анықлық киргизген басылым.

Буннан тысқары, нызам социаллық тармақлардың ийелери болған юридикалық тәреплерди (нызам текстинде олар провайдерлер деп аталған) салық ямаса мәмлекетлик дизимнен өтиўге, сырт елли юридикалық тәреплерди болса мәмлекетте филиал ямаса ўәкилхана ашыўға мәжбүрлейди. Сондай-ақ, олар мәмлекетлик уйымлар менен мәмлекетлик тилде сөйлесиў ушын байланыс орайын шөлкемлестирип, олардың сораўларына 5 жумыс күни ишинде жуўап бериўи керек.

Сондай-ақ, нызамда платформа дизимге киргизилгеннен кейин алты ай даўамында талапларды орынламағаны ушын басқышпа-басқыш санкциялар нәзерде тутылған: жазба ескертиў, кейин 100 мың ҳәм 300 мың манат муғдарында қаржы санкциялары (сәйкес түрде 58 мың ҳәм 176 мың доллар әтирапында), буннан кейин - Әзербайжанның мәмлекетлик уйымлары ҳәм салық төлеўшилери тәрепинен платформада реклама жайластырыў қадаған етиледи. Егер қағыйдабузарлықлар сақланып қалса, суд қарары менен платформа трафиги избе-излик пенен 20%, 50% ҳәм 90% ке қысқартылады, деп жазбақта tass.ru

Буннан тысқары, ҳәр жылы 15-январьға шекем "провайдер" ўәкилликли уйымға нызам талапларының орынланыўы бойынша есап бериўи ҳәм аккаунт жаратыўдан бас тартқанлар статистикасын усыныўы шәрт. Сондай-ақ, ҳуқықбузарлықлар ушын жәриймалар да белгиленген: лаўазымлы шахсларға - ҳуқықбузарлық түрине қарап 6 мыңнан 9 мың манатқа шекем (3,5 мың доллардан 5,3 мың долларға шекем), юридикалық шахсларға - 15 мыңнан 40 мың манатқа шекем (8,8 мың доллардан 23,5 мың долларға шекем).

Нызам рәсмий жәрияланғаннан кейин 12 ай өткеннен соң күшке киреди.