Қарарға муўапық, 2026-2027-жылларда Жиззақ ўәлаятын турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери, атап айтқанда:

жалпы аймақлық өним көлеминиң жыллық орташа 8,5 процентке, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеминиң 7,8 процентке, базар хызметлери көлеминиң 13,2 процентке ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў көлеминиң 4,6 процентке өсиўин тәмийинлеў;

2026-жылы жумыссызлық дәрежесин 3 процентке ҳәм кәмбағаллық дәрежесин 2,8 процентке азайтыў, Жиззақ қаласы, Шараф Рашидов, Бахмал, Ғаллаорол, Дослық, Зомин ҳәм Зафарабад районларын кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырыў.

Бахмал, Ғәллеарал, Замин, Фориш ҳәм басқа да бағшылыққа қәнигелескен районлардағы 57 мәҳәлледе 5 мың гектар ески бағ ҳәм жүзимзарларды жаңалаў белгиленген.

Шараф Рашидов, Дослық, Ғаллаорол, Арнасой ҳәм Зафарабад районларында 5 исбилерменлик орайы шөлкемлестирилип, олар 40 мәҳәллени өз жумысы менен қамтып алады.

Жиззақ қаласы ҳәм Шараф Рашидов районы аралығындағы бос турған 40 гектар жер майданында "Жаңа Жиззақ" қаласын жайластырыў ҳәм 1 мың 200 квартиралы 50 көп қабатлы турақ жай қурыў режелестирилген.