Елликқалада "Саҳра жаңғыры" III халықаралық фестивалы болып өтеди

    Туризм 25 қыркүйек 2025 526

    4-5-октябрь күнлери Туризм комитети ҳәм Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы, бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Елликқала районында "Саҳра жаңғыры" III халықаралық фестивалы болып өтеди.

    Фестивалды өткериўден тийкарғы мақсет - Елликқала районының тарийхый-мәдений, зыярат ҳәм экологиялық туризмин, аймақтың өнерментлери ҳәм туристлик дыққатқа ылайық орынларын кеңнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат.

    Еки күн даўам ететуғын илаж даўамында университет профессор-оқытыўшыларының халықаралық тренинглери, Топырақ қала тарийхый объектинде сүўретлеў көркем өнери таңлаўлары, миллий тағамлар таңлаўы ҳәм Ақша көл бойында концерт бағдарламалары өткериледи.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates