Режеге муўапық, 2026-жылдан баслап фестиваль ҳәр 2 жылда бир мәрте, әдетте, май айында өткериледи.
Фестивалда қатнасыўды қәлеўши талабанлар фестиваль өткерилетуғын жылдың 1-февралына шекем төмендегилерди усынады:
резюме;
3 - 6х9 см өлшемдеги реңли фотосүўрет;
сүўретлеў көркем өнери тараўындағы фестиваллар ҳәм көргизбелерде қатнасқанлығы ҳаққындағы сертификатлар, дипломлар, гүўалықлардың нусқалары;
сүўретлеў көркем өнери тараўындағы өз шығармаларының кеминде 10 дана сапалы фотосүўрети ҳәм оларды жаратыў процеси көрсетилген видеодиск.
Шөлкемлестириў комитети фестиваль өткерилетуғын жылдың 1-апрелине шекем дизимди қәлиплестиреди ҳәм қатнасыўшыларды хабардар етеди.
Фестиваль төмендеги номинациялар бойынша өткериледи:
"Гран-при";
"Ең жақсы сүўретши-художник";
"Ең жақсы мүсинши";
"Ең жақсы фотохудожник";
"Ең жақсы график художник".
Фестиваль жеңимпазлары Өзбекстан Республикасы Президентиниң саўғасы сыпатында Өзбекстанда ислеп шығарылған жеңил автомашина (Chevrolet Onix ямаса усы класстағы басқа автомашина), диплом, фестивалдың символикалық статуэткасы ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады.