Корея Республикасының Паран қаласында Ферғана ўәлаятының саўда-логистика орайы ашылды

    Бизнес 20 қазан 2025 547

    Корея Республикасының Паран қаласында Koreta Co., LTD компаниясының жаңа саўда-логистика орайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Мәресимде әмелий сапар менен келген Ферғана ўәлаяты ҳәкими Хайрулло Бозоров, Өзбекстан Республикасының Корея Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Алишер Абдусаломов қатнасты.

    Орай ферғаналы жас исбилерменлер - Абдувоҳид Қодиров, Жавоҳир Валиев ҳәм Муҳаммадсаид Хўжаевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген. Жойбар 6 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржы есабынан әмелге асырылды.

    Ашылыў мәресиминде сөзге шыққан Хайрулло Бозоров Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар ҳәм раўажланыў процесслери сырт елдеги ўатанласларымыздың исбилерменлик белсендилигин хошаметлеўге хызмет етип атырғанын атап өтти. Ол ҳәр қандай үлкен ис киши басламадан басланатуғынын атап өтип, бундай жойбарлар ўақыт өтиўи менен халықаралық компанияларға айланатуғынына исеним билдирди.

    Сондай-ақ, ҳәким жас исбилерменлердиң сырт елде жумыс ислеў, жергиликли базарлардың талапларын үйрениў ҳәм Өзбекстан өнимлерин экспорт етиўге болған умтылысын жоқары баҳалады. Оның атап өтиўинше, билим, мийнет ҳәм шет тиллерин билиў табыстың ең әҳмийетли факторы болып есапланады.

    Өз гезегинде, елши Алишер Абдусаломов Koreta компаниясы Өзбекстан өнимлерин дүнья базарына алып шығыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти. Өзбекстан елшиханасы ўатанласларымыздың исбилерменлик басламаларына турақлы түрде әмелий жәрдем берип атырғанын атап өтти.

    Исбилерменлер мәмлекетимиз тәрепинен берилген имканият ҳәм итибар ушын Өзбекстан Республикасы Президентине шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

    Илаж даўамында 10 жылдан аслам ўақыттан берли Корея Республикасының барлық аймақларына азық-аўқат ҳәм тоқымашылық өнимлерин жеткерип бериў менен шуғылланып киятырған Koreta Co., LTD компаниясының жумысы менен таныстырыў өткерилди. Компанияның 1000 нан аслам турақлы буйыртпашылары бар, олардың арасында әскерий структуралар да бар. Ассортимент 1100 ден аслам өнимди өз ишине алады.

    Товарлардың бир бөлеги Өзбекстаннан, сондай-ақ, Россия, Грузия, Болгария, Италия, Польша, Нидерландия ҳәм 17 ден аслам мәмлекеттен алып келинбекте. Koreta Co., LTD компаниясының Польшада офислери, Қазақстанда сүт заводы ҳәм Өзбекстанда тоқымашылық кәрханалары бар.

    Мәресим жуўмағында символикалық түрде лента кесилип, мийманлар жаңа саўда-логистика орайының жумысы менен танысты.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates