Қала ишинде автобус қатнаўын жолға қойыў мақсетинде Гүлистан қаласына 52 автобус алып келинди. Олар "Евро-5" экологиялық стандарты талапларына толық жуўап береди ҳәм қысылған тәбийғый газде ислейди.
Бул транспорт қураллары 65 жолаўшыны тасыўға мөлшерленген болып, ҳәр бир жолаўшыға қолайлы шараят жаратылған - автобуслардың полы пәс, имканияты шекленген шахсларды тасыў ушын арнаўлы пандус ҳәм өз алдына орынлықлар менен үскенеленген. Жол ҳақысын төлеў ушын "АТТО" электрон системасынан пайдаланыў имканияты жаратылған.
Халықтың жәмийетлик транспорттағы талапларынан келип шығып, Гүлистан қаласындағы 23 мәҳәллени толық қамтып алған 7 қала ишиндеги жөнелис бойынша автобуслардың қатнаўы брутто-шәртнама тийкарында шөлкемлестирилди.
Бул арқалы автобуслардың қатнаў аралығы 2 есеге қысқарып, 29 мың халыққа қолайлы, қәўипсиз ҳәм арзан транспорт хызметлери көрсетиледи.
Және бир әҳмийетли нәтийже - бир жылда жаңаланған бағдарлама шеңберинде 38 миллиард сумлық транспорт хызметлери көрсетилип, 120 жумыс орны жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы елимиз қалаларындағы жәмийетлик транспорт парклерин заманагөй автобуслар менен толықтырыў, халыққа сапалы хызмет көрсетиў жумысларын избе-из даўам еттириў бойынша тапсырмалар берди.
Усы жерде келешекте және 30 дана 11 метр узынлықтағы узақ мүддетке қатнайтуғын автобуслар сатып алыныўы ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул жойбардың әмелге асырылыўы 150 ден аслам қосымша жумыс орнын жаратыў имканиятын береди.











