Бул ҳаққында штат айрықша жағдайлар басқармасындағы ҳинд ғалаба хабар қураллары хабар бермекте, деп жазбақта “Report”.

300 мыңнан аслам халық апатшылық зонасында қалмақта. 551 елатлы пунктти суў басқан. Ең қыйын жағдай Чарайдео округинде сақланып қалмақта, бул жерде 137 мыңнан аслам адам зыян көрген.

Суў тасқынлары жоллар, турақ жайлар, мектеплер ҳәм басқа да инфраструктураларға зыян жеткерди. Ҳүкиметтиң мағлыўматларына қарағанда, тәбийғый апатшылық ақыбетинде 11 мыңнан аслам ҳайўан набыт болған.

Ҳиндстан метеорологиялық басқармасы (IMD) келеси еки күнде Ассамада жаңа жаўын болыўы мүмкинлигинен ескертти.