Reportтың хабар бериўинше, бул ҳаққында Индонезия миллий излеў ҳәм қутқарыў агентлигине тийкарланып Reuters хабар берди.

Қурбанлардың денелерин эвакуациялаў даўам етпекте, операция барыў қыйын болған таўлы аймақлар менен қыйынластырылған. Атап өтилиўинше, самолёт республика Теңиз ҳәм балық хожалығы министрлигиниң буйыртпасы тийкарында чартер рейсин әмелге асырған ҳәм балықшылық аймақларынан ҳаўа мониторингин алып барған. Кемеде экипаждың жети ағзасы ҳәм министрликтиң үш хызметкери болған.

Самолёт Жоккакарта қаласынан Қубла Сулавеси пайтахты Макассарға ушып баратырған еди.