Ҳәр бир муз үскенеси орташа 450 куб метрге шекем муз топлаў имканиятына ийе, бул болса ериў дәўиринде 250 куб метрге шамалас суў алыў имканиятын береди. Топланған суў ерте бәҳәрде суўғарыў, бағ ҳәм қыйтақ жерлерди суўғарыў, хожалық мүтәжликлери ушын пайдаланылады.
Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети баслығының биринши орынбасары Обиджон Қудратов, БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) ниң Өзбекстандағы ўәкилиниң орынбасары Шерзод Умаров, сондай-ақ, Қашқадәрья ўәлаяты ҳәм Шаҳрисабз районы ҳәкимликлериниң ўәкиллери тәжирийбе жойбарының әмелге асырылыўы менен танысты.
Обиджон Қудратовтың атап өтиўинше, климат өзгериўи шараятында суў ресурсларын қорғаў ҳәм ақылға уғрас басқарыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары есапланады. Қашқадәрья ўәлаятында жасалма музлықлардың енгизилиўине таў алды аймақларында суў жетиспеўшилигин азайтыўға инновациялық қатнас сыпатында қаралып, бул әмелият мәмлекетимиздиң басқа аймақларында да кеңнен енгизилиўи нәзерде тутылмақта.
Сапар даўамында қатнасыўшыларға «Ice Stupa» технологиясының ислеў принциплери, суўды топлаў ҳәм оннан мәўсимлик пайдаланыў механизмлери, суў жетиспеўшилиги шараятында шешимди әмелиятта қолланыў бойынша мағлыўмат берилди.
Жойбар ФАО тәрепинен Экология комитети ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте Глобаллық экологиялық қор (ГЭФ) ның қаржылай жәрдеминде әмелге асырылып атырған "Азық-аўқат системаларының Өзбекстанда жерден пайдаланыў ҳәм тиклениўге тәсирин баҳалаў" (FOLUR-Өзбекстан) бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылмақта.
Шерзод Умаров жасалма музлықлар технологиясы климат өзгериўине бейимлесиўдиң нәтийжели қуралы екенин, суў ресурсларын мәўсимлик тәртипке салыў, аўыл хожалығын қоллап-қуўатлаў ҳәм жергиликли халықтың турақлы дәрамат дәреклерин беккемлеў имканиятын беретуғынын атап өтти.
Қурылысты баслаўдан алдын аймақтың климат шараяты, суў дәреклериниң бар-жоқлығы, халық ҳәм фермер хожалықларының талабы, жерлердиң ҳуқықый жағдайы ҳәм қәўипсизлик талапларын есапқа алған ҳалда пуқта таллаў өткерилди. Әмелге асырыў процесинде оптимал микроклиматты таңлаў, тәбийғый басым есабынан суў жеткерип бериў, қубырларды жайластырыў ҳәм техникалық исенимлиликти тәмийинлеў мәселелери шешилген.
«Ice Stupa» технологиясы энергия жумсамайды, экологиялық жақтан қәўипсиз ҳәм жергиликли шараятқа бейимлескен. Жойбар сынақ көлеминде әмелге асырылыўына қарамастан, суў жетиспеўшилиги шараятында оның әмелий әҳмийети жоқары.
Келешекте бул әмелиятты Өзбекстанның басқа да таў алды ҳәм суў тамтарыс болған аймақларында енгизиў имканияты көрип шығылмақта, бул болса суў қәўипсизлигин беккемлеў, климаттың өзгериўине бейимлесиў ҳәм аўыл хожалығын турақлы раўажландырыўға хызмет етеди.