" Report"тың жазыўынша, бул ҳаққында Орайлық Азия хабар агентлиги хабар бермекте.
Мағлыўматларға қарағанда, Шығыс Корея жетекшиси Ким Чен Ын ушырылыўды видеобайланыс арқалы бақлаған.
"Атылған қанатлы ракеталар Корея Батыс теңизи (Сары теңиз - ред.) үстинен белгили траектория бойлап 10 116 - 10 138 секунд даўамында ушып өтип, айырым нышанларға зыян жеткерген", делинеди материалда.
Ким Чен Ын "стратегиялық қурал-жарақларды басқарыў мәмлекетлик интеграция системасының исенимлилиги ҳәм кораблдиң интеграцияласқан жаўынгерлик системасының үстинлиги тастыйықланғанынан үлкен қанаатланыўшылық билдирди". КХДР жетекшиси әмелий зәрүрлик ҳәм реал ўақыя көзқарасынан кемелердеги қурал-жарақ системаларының қурамын қайта көрип шығыўды тапсырды. Атап айтқанда, ол 5 мың ҳәм 8 мың тонна суў сыйымлылығына ийе жаўынгерлик кемелерде душпан флотына қарсы ҳәрекет етиў имканиятын арттырыў ушын палубаның артустановкалары орнына қосымша түрде ҳаўаздан тез ракеталар орнатыў зәрүрлигин көрсетип өтти.
Сондай-ақ, Ким Чен Ын "мәмлекет ядро қураллы күшлери көп тәреплеме қолланыў басқышына өткенин", соңғы ўақытта КХДРда стратегиялық ҳәм тактикалық соққы бериў қуралларын ислеп шығыў ҳәм енгизиў бойынша әҳмийетли әмелий жетискенликлерге ерисилгенин атап өтти. Булардың барлығы мәмлекеттиң өзин-өзи қорғаўы ушын зәрүр элементлердиң бир бөлеги, деди ол.