Noticias Caracol телеканалының хабар бериўинше, Satena авиакомпаниясының Кукутадан Оканияға ушып баратырған самолёты сәршемби күни радардан жоғалып қалған. Кататумбо аймағындағы излеў жумыслары жердиң барыўы қыйын болған рельефи ҳәм ҳаўа райының жаманлығы менен қыйынластырылды. Қутқарыў хызметлери бортында 15 адам - 13 жолаўшы ҳәм экипаждың 2 ағзасы болған самолёт қулаған орынды тапты, ҳеш ким аман қалмады.

Мағлыўматларға қарағанда, қайтыс болғанлар арасында Колумбия Конгресси ўәкиллер палатасының депутаты Диоген Кинтеро, депутатлыққа талабан Карлос Сальседо да бар. Сондай-ақ, бортта Оканья қаласы муниципал кеңесиниң бурынғы ағзасы Хуан Давид Пачеко өмирлик жолдасы менен болған, деп жазбақта belta.by.