Ҳүкиметтиң мағлыўматларына бола, жер силкиниў ақыбетинде 132 адам қайтыс
болған, және 570 адам ҳәр қыйлы дәрежеде жарақатланған, деп жазбақта РИА
Новости.
Ең қыйын жағдай Перейра қаласы ҳәм Кофе регионының басқа районларында,
Валье-дель-Каука ҳәм Чоко департаментлеринде жүзеге келген.
Тәбийғый апатшылық ақыбетинде 1 мың 575 турақ жай зыян көрген, олардан 37
си пүткиллей қыйратылған. Буннан тысқары, 18 медицина мәкемеси, 52
билимлендириў объекти, 18 жол участкасы ҳәм жети аэропортқа зыян жеткен.
Колумбия ҳәкимияты мәмлекет көлеминдеги тәбийғый апатшылықты жәриялады.
32 қалада "қызыл" қәўип дәрежеси енгизилди.