Илажға Россияда жумыс ислеп ҳәм билим алып атырған ўатанласларымыз,
мәмлекеттиң түрли аймақларынан келген 52 өзбек диаспоралық, жәмийетлик ҳәм
мәдений шөлкемлердиң ўәкиллери, көркем өнер шеберлери, дөретиўшилик топарлар,
сондай-ақ, Москва қаласының турғынлары жыйналды, деп хабар бермекте
"Дунё" МА.
Онда музыкалы ҳәм аяқ ойын концерт бағдарламалары, миллий өнерментшилик
ҳәм дәстүрий мәденият өнимлериниң презентациясы, өзбек миллий тағамларының
презентациясы өз көринисин тапты. Сондай-ақ, мийманлар ушын үш түрли - Ташкент,
Самарқанд ҳәм Бухара палаўлары таярланып, байрам бағдарламасы шеңберинде усыныс
етилди.
ХХЖКдеги байрам илажы
"МИР 24" телеканалы тәрепинен де көрсетилип, ол өзиниң видеосюжетинде
миллий концерт бағдарламасы, өнерментшилик, Хорезм ләзгиси ҳәм 1 мыңнан аслам
өзбек палаўының таярланыўы ҳаққында айтып берди.
Күнниң екинши
ярымында Өзбекстан елшиханасында Өзбекстан сыртқы ислер министриниң орынбасары
Олимжон Абдуллаев, Миграция агентлиги директоры Беҳзод Мусаев, Өзбекстан елшиси
Ботиржон Асадов ҳәм 52 диаспора бирлеспелериниң басшылары қатнасыўында ушырасыў
болып өтти.
Қатнасыўшылар
Россиядағы ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, жумысқа
орналастырыў, ҳуқықый жәрдем көрсетиў ҳәм миграция тәртип-қағыйдаларын
жетилистириў мәселелерин додалады. Миграция агентлигиниң Москва қаласындағы
ўәкилханасы жанындағы күни-түни жумыс ислейтуғын оператив штаб ҳәм колл-орай
жумысына айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў
даўамында Россиядағы Өзбекстан пуқараларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин
қорғаў, пуқараларды услап турыў жағдайлары бойынша Өзбекстан тәрепин өз
ўақтында хабардар етиў, миграция илажларын өткериўде олардың ҳуқықларына әмел
етиў, жүзеге келетуғын мәселелер бойынша оператив бирге ислесиў мәселелери де
додаланды.
Диаспора
ўәкиллери Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы менен қутлықлап,
ўатанласларымызға жумыс табыў, жүзеге келген машқалаларды шешиў ҳәм Ўатанға
қайтыўда жәрдем берип атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди. Сондай-ақ, олардың
Өзбекстанның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў ҳәм Россияда мәмлекеттиң унамлы
имиджин қәлиплестириўдеги орны атап өтилди.
Жуўмағында ең
белсенди диаспора шөлкемлериниң басшылары сыйлықланды.