Наманганда "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" халықаралық форумы болып өтти

    Наманганда "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" халықаралық форумы болып өтти. Еки күн даўамында 45 спикер қатнасқан 15 сессияда жәрдемге мүтәж қатламларды қоллап-қуўатлаў, экономикалық имканиятларды кеңейтиў, жергиликли, миллий ҳәм глобал дәрежедеги бирге ислесиўди беккемлеў стратегиялары додаланды.

    БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) кәмбағаллықты қысқартыў ушын инклюзив бизнес ҳәм инвестиция бойынша тәжирийбесин усынды. "Инклюзив бизнес: кәмбағаллықты қысқартыў ушын жеке меншик сектордың жоллары" (ФАО, IFC)) темасындағы әҳмийетли мәжилислерден бири болып, онда турақлы экономикалық өсиў ушын жеке меншик сектордың қатнасыўы ҳәм инновациялық шерикликти раўажландырыў мәселелери додаланды.

    Додалаўларда Өзбекстан Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Халықаралық финанс корпорациясы (IFC), Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банки ҳәм "Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы" АЖның жоқары мәртебели ўәкиллери қатнасты.

    Қәнигелердиң атап өткениндей, инклюзив инвестициялық моделлер кәмбағаллықты қысқартыўды жеделлестириўге, қосымша қун шынжырларын беккемлеўге, аўыл хожалықлары ҳәм киши бизнес ушын жаңа имканиятлар жаратыўға хызмет етеди. ФАО майда фермерлердиң базарларға шығыў имканиятын жақсылаў ҳәм турақлы агроазық-аўқат системаларын қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлигине итибар қаратты.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates