Перспективалы жойбарлардан бири Арашан көллери аймағында қурылып атырған «Arashan Resort» туристлик комплекси болды. Жойбар 600 гектар майданда әмелге асырылмақта ҳәм келешекте инфраструктурасы раўажланған ири заманагөй дем алыў орайына айланады.
Наўрыз байрамы қарсаңында болып өткен ирге тасын қойыў мәресими салтанатлы руўхта өтти. Илажда ўәлаят ҳәкимлиги, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери, нураныйлар ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.
Наманган ўәлаяты ҳәкими Ш.Абдураззоқов жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, жойбардың аймақ раўажланыўындағы әҳмийетин атап өтти.
Қурылыс жуўмақланғаннан соң, комплекс күнине 2 мың 500 ге шекем туристлерди қабыл етип, жылына 912 мыңға шекем мийманға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болады. Жойбардың әмелге асыўы нәтийжесинде 2 мыңнан аслам жумыс орны жаратылыўы күтилмекте.
Комплекс шеңберинде туризмниң экологиялық, таў ҳәм экстремал бағдарларын раўажландырыў режелестирилген. Сондай-ақ, гастрономиялық зоналар, мәдений-кеўилашар объектлер, рекреациялық ҳәм саламатландырыў орынларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Жойбар тематикалық парклер, таў-лыжасы комплекслери, зиплайн, ресторан ҳәм кафелер, ашық аспан астындағы кинотеатр, эко-базар, балалар ҳәм спорт майданшалары, термал суў бассейнлерин қурыўды өз ишине алады.
Атап өтилиўинше, жойбар Японияның Nippon Global Education and Assessment компаниясы менен биргеликте әмелге асырылып, халықаралық стандартларға сәйкеслигин тәмийинлеў имканиятын береди.