Тибет таўларынан ағып өтетуғын Бхоте-Коши дәрьясының суўы кескин көтерилгеннен кейин Непалдың арқа аймақларына тәсир көрсетти. Күшли суў ағыслары жоллар, турақ жайлар ҳәм басқа да инфраструктураларға зыян жеткерген көшкилерди келтирип шығарды, деп жазады РИА Новости.

Апатшылық Қытайдың Тибет автоном районы Шигадзе қалалық округиндеги "Гьиронг" («Цзилун») шегара пунктине де тәсир көрсетти. Қытай ғалаба хабар қуралларының мағлыўматларына қарағанда, бул жерде үш адам қайтыс болған, және 558 адам бийдәрек жоғалған.

Непал сыртқы ислер министри Шишир Кханалдың атап өтиўинше, айрықша жағдайға жер силкиниўи ҳәм оның ақыбетинде жүзеге келген көшки себеп болыўы мүмкин. Қәнигелер музлық көлиниң жарылыўы мүмкинлигин де бийкарламайды.

Қутқарыў хызметлери тәрепинен апатшылық жүз берген аймақларда излеў-қутқарыў жумыслары даўам еттирилмекте.