“The News Pakistan” басылымына тийкарланып “Report”тың хабар бериўинше, жарылыў жума намазы
ўақтында жүз берген.
50 ден аслам адам жарақатланған. Кеселханаға 15 қурбан ҳәм 50 ден аслам
жарақатланғанлардың денелери алып келинген.
Полицияның берген мағлыўматына қарағанда, жарылыў ақыбетинде мешит
жанында воронка пайда болған. Жәбирленгенлер арасында полиция хызметкерлери де
бар.
Қутқарыў хызметлериниң мағлыўматларына қарағанда, мешиттиң сыртқы
бөлегине аўыр зыян жеткен, дийўал да қулаған. Ҳәзирги ўақытта қутқарыў
жумыслары даўам етпекте.
Кохата округлик емлеўханасында айрықша жағдай режими жәрияланды.