Ҳүжжет РФ ҳүкимети тәрепинен усы жылдың март айында киргизилген. Россияның Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы Кодексине өзгерислер киргизиў усыныс етилмекте, деп жазады "ТАСС".

Нызам жойбарына муўапық, шығарып жибериў рухсат етилмеген митинглерде қатнасқаны, РФ Қураллы күшлерин абыройсызландырғаны, Россияға қарсы санкцияларға шақырғаны, сондай-ақ, мәмлекеттиң аймақлық пүтинлигин бузыўға ғалаба түрде шақырғаны ушын сырт еллилерге қолланылыўы мүмкин.

Буннан тысқары, майда тәртипбузарлық, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерине бойсынбаў, айрықша жағдай ямаса әскерий жағдай режимин бузыў, транспорт ҳәрекетине кесент келтириў ҳәм белгиленбеген орынларда оқ атыў жағдайлары ушын ҳәкимшилик шығарып жибериў шараларын қолланыў усыныс етилмекте.

Сондай-ақ, нызам жойбарында экстремизм ҳәм бузғыншы мәлимлемени тарқатыўға байланыслы ҳуқықбузарлықлар, соның ишинде, экстремистлик символикаларды үгит-нәсиятлаў, жек көриўшилик ямаса душпанлық оятыў, экстремистлик материалларды тарқатыў ҳәм терроризмге шақырыў ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Буннан тысқары, Россияға кириў ҳәм болыў қағыйдаларын бузыў, нызамсыз мийнет ҳәм сырт ел пуқараларын нызамсыз жумысқа тартыў ушын жәриймаларды күшейтиў усыныс етилмекте.

Нызам толық қабыл етилип, РФ президенти тәрепинен қол қойылған жағдайда ҳүжжет рәсмий жәрияланғаннан кейин 90 күн өткеннен соң күшке киреди.