Ҳуқық қорғаў уйымларының мағлыўматларына бола, 2022-жылдан берли Telegram арқалы 153 мыңнан аслам жынаят исленген, соннан 33 мыңы диверсиялық-терроршылық ҳәм экстремистлик жынаятлар болып есапланады.
Арнаўлы хызметлер 475 теракттың алдын алыўға ерискен, соның ишинде, мектеплердеги 61 ғалабалық ҳүжимге урыныў ҳәм 2024-жыл март айында "Крокус Сити Холл"дағы 149 адамның өлимине себеп болған теракт. Бул ҳаққында "Российская газета" ФСБ материалларына тийкарланып хабар берди.
"Роскомнадзор" Telegramм администрациясына нызамға қарсы контентти алып таслаў бойынша 150 мыңнан аслам талап жиберген, олардың көпшилиги жуўапсыз қалған. 2021-жылдан баслап компанияға 141 млн рубльден артық жәрийма қолланылған. 2025-жыл августта Россияда мессенжердеги даўыслы шақырыўлар шекленген еди, соннан кейин кибержынаятлар саны 23 процентке азайды. 2026-жыл 10-февральдан баслап трафиктиң қосымша 55 процентке төменлеўи енгизилди.
Telegramның сыр сақлаў сиясаты ҳәм Россия уйымларының сораўлары бойынша мағлыўматларды өткериўден бас тартыў жәмийетлик қәўипсизликке қәўип туўдырған, деп атап өтти министрлик. Буннан алдын Россия аймағында мессенджердиң жумысын басқышпа-басқыш пәсейтиў режелери ҳаққында да хабар берилген еди.