Илажды Азия раўажланыў банкиниң президенти Масато Канда ҳәм Өзбекстан Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев ашты.

Сөйлесиўлердиң тийкарғы темаларынан бири 2027-жылдың басына шекем ашылыўы режелестирилген Ташкент халықаралық финанс орайының (TIFC) иске қосылыўы болды. Жаңа қаржы орайы инвесторларға инглис улыўма ҳуқықы тийкарында юрисдикция, бийғәрез суд системасы ҳәм салық жеңилликлерин усыныс ететуғыны атап өтилди.

Жамшид Ходжаев, сондай-ақ, мәмлекетте әмелге асырылып атырған системалы реформалар, соның ишинде, опционлар ҳәм эскроу есапбетлерин нызамластырыў, альтернатив инвестициялық фондлар ҳаққындағы нызамның қабыл етилиўи, 2025-жылдың жуўмағы бойынша Өзбекстанның жалпы ишки өниминиң 147 миллиард долларға шекем өсиўин атап өтти.

Панель додалаўларда инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Шоҳрух Ғуломов, Азия раўажланыў банкиниң бас юрисконсульти Томас Кларк ҳәм банктиң Өзбекстандағы ўәкилханасының директоры Канокпан Лао-Арая қатнасты.

Экспертлер трансшегаралық инвестициялық жойбарларды раўажландырыў ушын платформа сыпатында көрип шығылып атырған Орайлық Азия ҳәм Кавказ инвестициялық кеңеслериниң регионаллық альянсын (RAIC-CAC) шөлкемлестириў мәселесин де додалады.

Илаж жуўмағында Жамшид Хўжаев қатнасыўшыларды 2026-жыл 16-18-июнь күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын 5-Ташкент халықаралық инвестиция форумына мирәт етти. Форум шеңберинде RAIC-CACты шөлкемлестириў ҳаққында меморандумға қол қойылыўы ҳәм жаңа шериклик келисимлерине қол қойылыўы күтилмекте.