Самарқандта Беруний атындағы ЮНЕСКО - Өзбекстан халықаралық сыйлығының лауреатлары анықланды

    8 қараша 2025 399

    Самарқандта ЮНЕСКОның Беруний атындағы халықаралық сыйлығының жеңимпазлары анықланды.

    Сыйлық Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 2023-жылы шөлкемлестирилген. Ол жасалма интеллектти раўажландырыўға әдеп-икрамлы, инклюзив ҳәм инсанға бағдарланған көзқарасларды қәлиплестириўге хызмет ететуғын илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

    Сыйлықтың биринши сериясының лауреатлары профессор Виржилио Аугусто Фернандес де Алмейда (Бразилия), профессорлар Сьюзан Перри ҳәм Клаудия Рода (Франция), сондай-ақ, Цинхуа университети Халықаралық басқарыў институтының илимпазлары - Лань Сюэ, Чжэн Лян ҳәм Цянь Сяо болды.

    Сыйлықты тапсырыў мәресими ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде болып өтти. Илаж мүнәсибети менен инглис ҳәм өзбек тиллеринде The UNESCO Courier журналының белгили илимпаз Абу Райхан Берунийдиң илимий мийрасына бағышланған арнаўлы саны басып шығарылды. Бул саны ЮНЕСКОның санлы китапханасының бир бөлеги болады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates