Онда бир қатар мәмлекетлердиң полиция ҳәм криминология структураларының басшылары, дүньяның жетекши криминологлары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнаспақта.

Форумды Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, полковник Рамазон Ашрапов ашты.

Илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 15-январьдағы "Криминология тараўында илимий-әмелий изертлеў жумысларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-22-санлы қарарына муўапық өткерилмекте.

Қатнасыўшылар арасында Венгрия, Қатар, Ҳиндстан, Қытай, Беларусь, Россия, Қазақстан, Түркия, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан, сондай-ақ, халықаралық мәмлекетлердиң полиция уйымлары ҳәм изертлеў орайларының басшылары бар.

- БМШтың Наркотиклер ҳәм жынаятшылық бойынша Орайлық Азиядағы регионаллық басқармасы;

TIKA - Түркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги;

GIZ - Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети.

Форумда ҳуқық қорғаў тараўында, соның ишинде, қәўипсиз туризмди тәмийинлеў, "мәҳәлле жетилиги" менен ислесиў, кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланбақта.

Халықаралық бирге ислесиўди тереңлестириўге қаратылған ҳүжжетлер ҳәм келисимлерди таярлаўға айрықша итибар қаратылды:

Венгрия, Ҳиндстан, Россия, Қатар, Түркия, Қытай, Беларусь, Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстанның полиция ҳәм изертлеў шөлкемлери менен бирге ислесиў протоколларына қол қойыў;

жынаятшылықты биргеликте изертлеў ҳәм таллаў;

аймақлар бойынша қәўип-қәтерлерди баҳалаў ҳәм жынаятлардың алдын алыў бойынша халықаралық муўапықластырыў;

экспертлерди оқытыў ҳәм илимий-изертлеў бағдарламаларын енгизиў;

TIKA арқалы грантларды тартыў ҳәм техникалық жәрдем көрсетиў;

инфраструктураны модернизациялаў, криминологиялық лабораториялар ҳәм аналитикалық технологияларды енгизиў.

Форум шеңберинде Россия Ишки ислер министрлигиниң Федерал илимий-изертлеў институты, Урал мәмлекетлик юридикалық университети, Венгрияның "Людовика" мәмлекетлик хызмет университети ҳуқық қорғаў факультети ҳәм Түркияның Миллий полиция академиялары менен бирге ислесиў меморандумларын дүзиў режелестирилген. Сондай-ақ, Қатар менен хызметкерлердиң стажировкасы ҳәм биргеликтеги изертлеў жойбарларын баслаў мәселелери көрип шығылмақта.

Форум жуўмағы менен жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм үйрениў бойынша Ҳиндстан, Венгрия, Қытай, Беларусь, Россия, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан полиция ҳәм изертлеў шөлкемлериниң қатнасыўында халықаралық жойбарлар басланады.

Илаж илимий изертлеўлер, экспертлик тәжирийбе ҳәм әмелий жумысларды бирлестирип, криминология тараўында халықаралық бирге ислесиўдиң жаңа басқышын баслап бермекте.