Самарқанд ўәлаятында 2030-жылға шекем санаатта машина қурылысы тармағының үлесин 15 процентке, тармақта қосымша қун үлесин 40 процентке жеткериў режелестирилген.

Атап айтқанда, Каттақорған районындағы 100 гектар майдандағы машина қурылысы санаат зонасында жылына 10 мың дана автомобиллер (жүк машиналары, автобуслар, микроавтобуслар, пикап ҳәм арнаўлы транспорт қураллары, соның ишинде, электромобиллер) ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылады.

Машина қурылысы санаат зонасының қатнасыўшылары сыпатында тек ғана N, M2, M3, O ҳәм L категориядағы транспорт қураллары ҳәм оларға аўысық бөлеклер ҳәм комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыўды шөлкемлестиретуғын кәрханалар дизимнен өткериледи.

Машина қурылысы санааты зонасының жумысы Самарқанд ўәлаяты санаат зоналары басқармасы тәрепинен алып барылады.

Ҳүжжет пенен машина қурылысы санаат зонасында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың мәнзилли дизими тастыйықланды.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 20.04.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».