Оны Парламент комиссиясының жәрдемши баслығы, Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева алып барды.

Мәжилис даўамында Турақлы раўажланыў мақсетлериниң "Ҳеш кимди итибардан шетте қалдырмаў" принципине муўапық майыплығы болған шахслардың социаллық бейимлесиўин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары тараўда кең көлемли өзгерислер ҳәм түпкиликли реформалар әмелге асырылды. Беккем ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарлар жаратылды. Бүгинги күнде майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм қорғаў мәселелери 50 ден аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет пенен тәртипке салынған.

Ўәлаят орайларында жайласқан медициналық-социаллық эксперт комиссиялары, 33 қәнигелестирилген ҳәм педиатрия комиссиялары сапластырылды. Майыплықты белгилеўдиң пүткиллей жаңа механизми енгизилип, коррупциялық факторлар сапластырылды.

Мүтәж халықты протез ҳәм реабилитация қураллары менен ваучер тийкарында электрон коммерция арқалы тәмийинлеў тәртиби енгизилди. Протезлер ҳәм реабилитация қуралларының дизими 18 ден 38 ге шекем кеңейтилди. Ислеп шығарыўшы ҳәм жеткерип бериўши исбилерменлер саны 5 есеге (27 тен 134 ке) көбейди. Бул арқалы бундай қаржыларды жеткерип бериў мүддети 4 есеге қысқарды.

Майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў тараўында түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Бундай категориядағы пуқараларды жумысқа алған исбилерменлерге бир қатар салықлар ҳәм социаллық төлемлер бойынша жеңилликлер бериледи, I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларды жумысқа алған исбилерменлик субъектлерине 50 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады.

Мәжилисте майыплығы болған шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў, социаллық бейимлесиўин тәмийинлеў бағдарында Сырдәрья ўәлаятында әмелге асырылған жумыслардың жағдайын үйрениў нәтийжелери додаланды.

Атап айтқанда, майыплығы болған шахслардың қолайлы ҳәм иркинишсиз ҳәрекетлениўи ушын ҳәр бир район ҳәм қалада биреўден "социаллық көше" шөлкемлестирилди.

Ўәлаятта 62 мектепте 81 инклюзив класс шөлкемлестирилип, инклюзив билимлендириў менен қамтып алынған балалар саны 117 ге жетти. Соңғы үш жылда майыплығы болған жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў 89 процентке артты.

Әмелге асырылған әмелий жумыслар нәтийжесинде ўәлаятта 2025-жыл даўамында 19 мың 110 мийнетке жарамлы майыплығы болған шахслардың 5 мың 601 ямаса 29 процентиниң бәнтлиги тәмийинленди. Сондай-ақ, 1 мың 462 майыплығы болған шахслар жеке тәртиптеги исбилерменлик пенен шуғылланбақта.

Соның менен бирге, мәжилисте системалы машқалалар бар екенлиги атап өтилди. Соның ишинде, майыплығы болған шахсларды қорғаў тараўында ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў, сондай-ақ, майыплығы болған шахслар ушын тосқынлықсыз орталық жаратыў ҳәм жоқары билимлендириў системасына инклюзив билимлендириўди енгизиў жумысларын жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилис жуўмақлары бойынша Парламент комиссиясының тийисли қарары, республика ҳәм Сырдәрья ўәлаятлары дәрежесиндеги илажлар режелери ("жол картасы") қабыл етилип, қабыл етилген ҳүжжетлердиң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға зәрүр ўазыйпалар жүкленди.