Сенат Баслығы дипломатты Өзбекстандағы миссиясының басланғаны менен қутлықлап, оның профессионаллық тәжирийбеси еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Кейинги жылларда Өзбекстан-Франция қатнасықлары стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени атап өтилди. Жоқары дәрежедеги турақлы сапар етиўлер, сондай-ақ, экономика ҳәм инвестициялардан баслап билимлендириў ҳәм мәденият тараўларына шекемги кең көлемли тараўларды қамтып алған келисимлерге қол қойылғаны оған хызмет етти.

Ушырасыўда парламентлераралық бирге ислесиў мәселелерине де итибар қаратылды. Еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиў конструктивлик бағдарда даўам етип атырғаны, еки тәреплеме сапарлар ҳәм парламент ағзаларының халықаралық форумлардағы қатнасыўы менен беккемленип атырғаны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен тараў комитетлери ҳәм парламентлераралық "дослық топарлары" арасындағы сөйлесиўди жеделлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сондай-ақ, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы еки тәреплеме бирге ислесиў жойбарларының унамлы пәти атап өтилди. Мәденият ҳәм мәдений мийрасты сақлаў, тарийхый естеликлерди реставрациялаў тараўында бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў жойбарларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Туризмниң түрли бағдарлары бойынша студентлер ушын арнаўлы бағдарламалар шөлкемлестириў бойынша пикир алысылды.