Ушырасыўда күн тәртибиндеги илажлар, парламентлераралық сөйлесиў, экономика, илим ҳәм жоқары билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысылды.
Атап айтқанда, еки тәреплеме экономикалық, инвестициялық ҳәм илимий-техникалық байланысларды кеңейтиў бойынша бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларына итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Япония парламентлери арасындағы сөйлесиўди раўажландырыўда Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасында шөлкемлестирилген бирге ислесиў топарлары, сондай-ақ, Япония парламентиниң Өзбекстан менен Дослық лигасының орны ҳәм әҳмийети айрықша атап өтилди.








