Жарыс биринши мәрте Өзбекстан, Қубла Корея, Қазақстан, Қырғызстан,
Түркменстан ҳәм Тәжикстан спортшыларын бирлестирип, халықаралық форматта өткерилди,
деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Турнирде Қубла Кореяның түрли қала ҳәм ўәлаятларынан 200 ге шамалас спортшы
қатнасты. Елимизде жасап ҳәм билим алып атырған өзбекстанлы студент-жаслар да
беллесиўлерде белсене қатнасып, Ўатанымыз мәденияты ҳәм дәстүрлерин гүрес
арқалы көрсетти.
Илаждың ашылыў мәресиминде Өзбекстан елшиси Алишер Абдусаломов гүрес
әсирлер даўамында өзбек халқының руўхый мийрасында айрықша орын ийелейтуғынын
атап өтти. Бүгинги күнде бул спорт түри 130 дан аслам мәмлекетке тарқалып,
халықаралық спорт майданында өз орнын беккемлеп келмекте.
Корея гүрес
федерациясының президенти Бэ Хёнг Шик елшиниң кубоги тек ғана спорт илажы емес,
ал Өзбекстанның мәденияты ҳәм қәдириятларын үгит-нәсиятлаў қуралы екенин атап
өтти. Оның атап өтиўинше, гүрес тек ғана жарыс емес, ал тынышлық,
тәртип-қағыйда, әдеплилик ҳәм өз-ара ҳүрмет мектеби болып есапланады.
Илаж жуўмағында
Өзбекстан елшиханасы ҳәм Корея гүрес федерациясы бирге ислесиўди даўам
еттириўге келисип алды. Атап айтқанда, тәреплер Қубла Кореяда өзбек гүресин
ғалаба ен жайдырыўды кеңейтиў, миллий турнирлер, чемпионатлар ҳәм "Елшилер
кубоги"н турақлы өткерип барыў, секциялар санын көбейтиў ҳәм тренерлердиң
маманлығын арттырыў ниетинде.
Қубла Кореяның «Djournal»
интернет-басылымының атап өтиўинше, турнир тек ғана спорт тараўы емес, ал
мәденият ҳәм туризм ўәкиллери арасында да қызығыўшылық оятқан. Басылымның
баҳалаўынша, елши кубогиниң өткерилиўи Өзбекстанның мәдений мийрасын
үгит-нәсиятлаў, жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, спорт
арқалы халықлар арасында дослықты беккемлеўге хызмет етеди.
Илаж өзбек миллий
тағамлары ҳәм дәстүрий аяқ ойынларының презентациясы менен жуўмақланды, бул
қатнасыўшылар ҳәм мийманларға Өзбекстанның мәденияты ҳәм дәстүрлери менен
жақыннан танысыў имканиятын берди.