Reportтың жазыўынша, бул ҳаққында GasBuddy баҳаларын бақлаў хызмети мағлыўматларына сүенип, Reuters агентлиги хабар берген.

Мағлыўматларға бола, баҳалардың өсиўи Иран әтирапындағы әскерий келиспеўшилик себепли глобал энергетика базарында кескинликтиң күшейиўи менен байланыслы.

Еслетип өтемиз, АҚШта бензиннин орташа баҳасы буннан үш жыл алдын бир галлоны ушын 4 доллардан асқан еди.