Илажда Ташкент қаласы ҳәкими, транспорт министри, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары, Транспорт министрлиги ҳәм қала ҳәкимлиги жанындағы Жәмийетлик кеңестиң ўәкиллери, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ҳәм блогерлер қатнасты.
Транспорт министри Илҳом Маҳкамов мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Өзбекстанда жәмийетлик транспортты раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс шараятларын жақсылаў бағдарындағы реформалар жедел әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Жаңа автобусларды қабыл етип алған "Тошшаҳартрансхизмат" АЖ айдаўшылары ҳәм хызметкерлерин қутлықлап, олардың жумысының әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Жаңа электробуслар экологиялық жақтан қәўипсиз болып, қала экологиясын жақсылаў ҳәм транспорт системасын модернизациялаўда әҳмийетли қәдем болады. Кейинги жылларда жәмийетлик транспорттың жаңаланыўы нәтийжесинде ҳаўаға шығып атырған зыянлы элементлер айына 93,3 тоннаға азайған.
Транспорт министрлигиниң мағлыўматларына бола, 2030-жылға шекем Ташкент қаласы жәмийетлик транспортының 50 процентин электробуслар қурайтуғыны режелестирилген.









